⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АШЫҚ I

Қарақалпақша

кел. 1. Гирбинсиз, таза, тынық, кирсиз. Аспан ашық, асықтай булт жоқ, ҳаўадағы шарбы яңлы ақ бултлар байраққа шабылған атлардай изли-изинен өтип атыр (А.Бегимов). 2. Анық, қақыйқат, нақма-нақ. Бундай ашық гәп айтылады деп ойламаған Жумабайға айрықша йош енип, бир аяғының майыплығын биротала умытты (Т.Қайыпбергенов). 0 Ашық жүзли — жүзи адамға ысык, түри-түси жағымлы, жарқын. Столдың аржағында ашық жүзли, кең маңдайлы, шашын оң жағына қаратып тараған узын бойлы қәм арықтан келген бир адам отыр (Сейтеков). Ашық кеўил — кеўли ашық, минези ашық, жақсы, кеўлинде кир жоқ. Ашық кеўил атқан таңдай, Рус қызы — мәрт келиншек (И.Юсупов).