АРА
Қарақалпақша
ат. 1. Орта, ашыкдық, ўақыт, аралық.
Ашыңыз енди араны, Ҳаялға нәубет қарады (А.Дабылов).
Мақсым, Әмет қармалаўға тал таппай, Қашқын еди бир ақшамда арадан (И.Юсупов).
Арадан неше күн өтеди, бай сол баяғыша түнде кетеди, азанда келеди (Қ.Айымбетов).
Енши тийип еки теңиз арасы, Қолында қалқаны, қылыш, найзасы, Қара қалпақ кийип, ата мийрасы, Ҳақ пәтия алған ана тилинде (Ж.Өтениязов).
2. Адамлардың өз ара қарым-қатнасы.
Кеўил жақын, ара алыстай, Әнтек бопты жүрген таныспай (Ақшолпан Аманияз).
3. Ортасында, ишинде араласып жүрген.
Араға от түсиў — ренжисиў, аразласыў.
Араға шайтан араласыў — суўысыў, урысыў, өшигиў.
Арадан қыл өтпес — татыў, сыйласықлы.
Арасы алыслаў — 1. узақдасыў; 2. Ренжисиў, аразлаў, өкпелесиў.
Арасы аспан менен жердей — уқсамайтуғын, парық қылатуғын, өзгеше.
Араға түсиў — араласыў, арашалаў, қорғаў, бириктириў.
Қас пенен көздиң арасында — демде, тез.
Екеў ара — екеў-екеўден.
Тез ара — тезлик пенен.
Өз ара — өзли өзи.
Ара тура — арасында.
Күн ара — еки күннен бир күн, ҳәр күни емес.