⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АПОСТРОФА

Қарақалпақша

(грек. — шетлеў) 1. Стилистикалық усыллардың бир түри болып, гейде шайыр жансыз нәрсеге жанлы нәрседей, жоқ нәрсеге бардай қатнас жасаў. Мыс: Бир келиппен келмей-келмей, Есигинди көрдим төрдей, Сенде мениң Әмиўимдей, Аш қушақты маған, Дунай (М.Сейтназаров). 2. Бар, қатнасып отырғанға қарата туўрыдан-туўры яки тиккелей қатнас жасалмай айтыў, пикир билдириў.