⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АПОСТРОФ

Қарақалпақша

(грек. аро8игорҳо8 — шетке, арқа тәрепке қараған, қаратылған) 1. Жазыўда (гейпара тиллерде) ҳәриплик белги менен көрсетилмеген үнли орнына қатар үстине қойылатуғын яғный үтир белгисине уқсайтуғын (’) вергул көринисиндеги белги. Тағы да жазыўда шет тилинен кирип келген меншикли атлардағы жанапайларды бөлип көрсетиў ушын сөздиң үстине қойылатуғын белги. Мыс: Жанна д’Арк, о’Тенри. 2. Фонетикалық транскрипцияда даўыссызларды жиңишкертип көрсетиў ушын сөздиң үстине қойылатуғын белги.