АПАРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсени екинши бир жерге жеткериў, алып барыў, өзи менен бир нәрсени алып барыў.
Ала ғарга нанымды алды, Апарып салмаға салды (Қ.Айымбетов).
Базарға сатсам апарып, Жалғыз қара болмайды, Барлық көрпе төсегим (А.Дабылов).
Сондай «сөз бенен ис бирлиги» десең, Базы басшы бас қатырар бул гезде: Әўел сөзди иске апарсақпекен, Я исти апарыў керек пе сөзге? (И.Юсупов).
2. Алып кетиў, соңына ертиў, баслаў.
3. Жақынлатыў, жеткериў.
Сол гезлерде Қоразбек маңғытлардың ийесиз қалған жерлерин абат етиў ушын суў апарыў ислери менен машқул болып жүрғен болады (газетадан).
4. Жумысты жүргизиў, ис алып барыў, ислеў.
Апарып соғыў — тап болыў, ушыраў, жетиў.
Бираз жерге апарыў — мақтаў, гәп етиў.