⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АНЫҚЛАЎЫШ

Қарақалпақша

ат. лингв. Предметтиң белгисин билдиретуғын екинши дәрежели ағза. Сонлықтан предмет мәнисин билдиретуғын гәп ағзаларының (баслаўыш, толықлаўыш, атаўыш, баянлаўыш) ҳәр қыйлы белгилерин анықлап келеди. Мысалы: үлкен орамал, жалғыз қыз, бийик өкшели етик, т.б. Анықлаўышлар қайсы ағзаны анықласа сол ағза алдында турады. Оның кейнинде анықланатуғын сөз болыўы тийис, егер олай болмаса анықлаўыш бола алмайды. Анықлаўышлар анықлайтуғын сөзи менен жупкерлесип (ақыллы адам қор болмайды) ҳәм изафетлик (оқыўдың пайдасы көп) усылларда байланысады. Анықлаўыштың бағыныңқылы қоспа гәп — қоспа гәптиң бағыныңқылы гәпи бас гәптеги атлық ямаса қатнаслық алмасығынан болған бас ағзаның мәнисин түсиндирип, анықлап келеди.