АНА
Қарақалпақша
ат. 1. Баланың туўған апасы, шешеси.
Ананың кеўли балада, баланың кеўли далада (ққ.х.н).
2. Елге сыйлы, жасы үлкен ҳаял.
3. аўысп.
поэз.
Негиз, түп, тамыр.
Сөз анасы — қулақ, суў анасы — булақ, жол анасы — аяқ (шешенлик сөзлер).
Ананың ақ сүти менен ант етиў — ўәде бериў, орынлаўға кепиллик бериў.
Ана сүти аўзынан кетпеген — еле кишкене, жас, буўыны қатпаған.
Ана сүти менен кирген — қанына сиңген, әдетке айланған, әбден қәлиплескен.
Ана сүтин ақлаў — ырза етиў, исенимин ақлаў.
Ана тили лингв.
— а) ересеклердиң сөйлеўине еликлеў арқалы баланың тилди менгериўи, сол тилде сөйлеўи.
б) Этностың (халық, миллет) өзи менен теңлестирилген тили.
Бир анадан туўғандай — уқсас, егиз қозыдай.
Ана-Ўатан — ўатанды образлы көркемлеп сүўретлеў.
Олар ата-анаға жәрдем бергенде, зуўлап комбайндай пахта тергенде (И.Юсупов).
алм.
Силтеў алмасығы, силтеп көрсетиў, анаў, сол.