⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АМАНАТ

Қарақалпақша

ат. 1. Сақлаў ушын ямаса бирэўге саўға ретинде берилетуғын зат, нәрсе. Жәҳиллерден ҳешўақ алма аманат, Көтерерсең ақырында жаманат (Бердақ). Бир нәрсени ўақытша пайдаланыўға бериў, ўақытша тапсырып қойылған зат, биреўдин екинши бирэўге өтиниши, биротала емес ўақытша берип қойылатуғын нәрсе. Аманат аман сақлар (ққ.х.е.). 2. Орынлаўға тапсырылған миннет, ўәсият. Некемди қыйса да қазы ҳәм молла, Берген аманатын алса да алла (Омар). Аллаға аманат — аман-саў жүриўин бир Аллаға тапсырдым мәнисинде. Аманат дүнья — Аманат дунъяға бес күнлик «мийман», Болсын тилде зикир, қәлбинде ийман, Жаманлық атаўлын шығарып мийден, дүнья дүзеледи, дүзелсе адам (Ақшолпан Аманияз). Аманатын тапсырыў — о дүньяға раўана болыў, қаза болыў. Күтпеғенде аманат жан тапсырып, кете бердиң тилеп бизге жақсылық (Ақшолпан Аманияз).