⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛТЫ

Қарақалпақша

с. Санақ сан, саны алтаў, есабы алтаў. Алты қанат ақ отаўдын оң жағында халықтың ғарғысы атып жыққан айыўдай тенкейип Шыйықназар сулап жатыр (Н.Бөрекешов). Алты ортақ — шериклик, шығыр, өгиз, жер т. б. менен алты адам бирлесип пайдаланыў. Тили алты қарыс — урысқақ, сөз бермейтуғын, бийҳая. Алты қарыс — миллет етиў, менменсиниў, талтаңлаў. Алты ай жаз, алты ай қыс ески.этн. — Жыл санаўы бойынша сәўир, жаўза, саратан, ҳәсет, сүмбиле, мийзан сыяқлы жыл айлары менен Плеяда (дәўирлес)нын Шығыстан көринип, Батысқа батқанға дейинги ақырап, қаўыс, жедди, дәлиў, ҳүт, ҳамал сыяқлы суўық айлары; жыл бойы. Алты айлық жол — алыс, узак. Алты аўыз ала болыў — бириниң сөзине бири көнбей, тыңдамаў, аўызбиршилик болмаў, келиспеў, бирикпеў. Алты арыс — алты атадан тараған урпақ. Алты батпан — аўыр. Алты қанат үй — алты бөлек керегеден ибарат кийиз үй. Алты қулаш — узын. Алты қырлы — түрли-түрли. Алты мүше — еки көз, еки аяқ, еки қол.