АЛЖАСЫҚ
Қарақалпақша
ат. Қәтелик, кемшилик.
— Хош, Айсәнемди не қылдық енди? — Не қылатуғын еди .. аламыз, әй бул алжасық сөз болыў керек (К.Султанов).
Өмиримде усындай алжасықлар болады деп ойламаған едим («Әмиўдәрья» ж.).
ф. Қәтелесиў, кемшилик жибериў, адасыў.
Ийт алжасып кай тәрепке жүрерин билмей турды (Қ.Аралбаев).
Бул дүньялық адамзаттың, Ада болмас алжасыўы, Жыртылғанды жамап-жасқар, Тек, өмирлер жалғасыўы.
(Х.Дәулетназаров).
Алжасқан адамның гүнайыны кеш, Алжасыў, адасыў-қылмыс емес ҳеш, «Қылкөпирден» қулап түсер ғыйбаткеш, Қәбиринен шығып-гөрден айрылса.
(Ә.Әжиниязов).