АЛДЫН
Қарақалпақша
р. 1. Биринши, бурын, әўел, дәслеп, ертерек болып өткен мәнисинде.
Бәринен алдын, очерк эстетикалық курал болыў жағынан насазлық етти (Г.Есемуратов).
2. Еле болып үлгермеген, енди болатуғын, әмелге асырылатуғын.
Биринши жәрдеми берилди ҳәтте, Емлеўханасына жетпестен алдын (Ө.Байназаров).
Алдын ала — күн илгери, күн бурын, бурынырақ.
Алдын ала барлаў — а) әск.
Әскерий жүрис алдында қарсылас тәрептиң орналасқан жери менен жайласыўын алдыннан шолып шығыў, б) геод.
Геодезиялық иелер алып барылмасынан алдын сол аймақты, орталықты изертлэў, жерди алдын ала барлаў.
Алдын ала қамаў юрид.
Жынаятлық проңессте қамаўға алыў түринде айыпланыўшыны ямаса судланыўшыны ўақытша еркинлигинен айырыў.
Алдын ала тергэў юрид.
Исти судта көрип шығыўға дейин жынаятқа тийисли фактлер менен айыпларды анықдаў ушын дәлиллерди жыйнаў ҳәм тексериў.
Алдын алыў — күн бурын илажын көриў, ерте бастан ойланыў, ғамын жеў, ғамланыў.
Шопан дәрриў буның алдын алды,... (ққ.
хрест.).
Алдын ораў — қарсы шығыў, кес-кеслэў.
Алдын тосыў — жолын күтиў, бөгэў, аңлыў.
Алдын ашсын — тилек, жолы болсын, бахтын ашсын, жарылқасын.
Алдын кес-кеслеў — жолын бөгеў.
Алдын ойлаў — келешеги туўралы ғам шегиў.
Алдын алыў термин.
А) Қәлиплескен жағдайды, тәртипти сакдаўға бағышланған ис-шаралардың жыйынтығы.
Ҳәзирги ўақытта ҳаўа райының кескин өзгериўине байланыслы жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол ҳәрекети қәдийселериниң алдын алыў мақсетинде Дамаслар ўақгынша тоқтатылады (газетадан).
Б) мед.
Түрли аўырыўларды дәслепки раўажланыў пайытында аныкдаўға арналған ис-илажлар.
Изертлеўшилердии анықлаўынша, бир ҳәптеде еки күн аўқатланбаў тәртибине әмел еткен инсанның салмақ арттырыў, көкирек саратаны кеселлиғиниң алдын алыўоағы, қан басымы т.б.
кеселликлерден сақланыўдағы ең жақсы қуралы болады екен (газетадан).