АЛДЫАРТЫ
Қарақалпақша
р. 1. Алды менен арты, айналасы, мандайы, жан-жағы.
Ояқ-буяқ, дөгереги, жақын-жуўығы өткен ҳәм келешек, ең биринши ҳәм ең ақырғысы.
Бурынғы камыс қос пенен алды-артына шыпта жапқан үйлер (К.Султанов).
2. Бас аяғы, бар болғаны, питкени.
Бары-жоғы, дос-душпаны.
Досларым ким, душпаным ким? Биле алмай, алды-артымды көре алмай, Төге жазлап калдым мен ҳақ қаныңды (И.Юсупов).
3. Жай-жағдай, истиң рәмәўизи.
Бул истиң алды-артын ойланбай аға, Мен жетим сорлыға епиң қысымды (Омар).
Мениң таяққа жығылғанымның алды-арты усы ма (Н.Бөрекешов).
4. Ең соңы, ақыр аяғы.
Алды-артына қараў — изин ойлаў, келер-кетерин ойлаў, соңына бағыў, жай-жағдайын тексериў.
Алды-артына қарамаў — иркилмеў, тоқтамаў.
Алды-артына қаратпай — ҳеш нәрсеге имканият бермэў, асықтырыў.
Алды-артын аңлаў — жан-жағын байқаў, аңғарыў.
Алды-артын билмэў — жөн билмейтуғын, парқын сезбейтуғын.
Алды-артын ойлаў — истиң жөн-жосағын ойластырды.
Алды-артын ораў — алдын ала ҳәрекет жасады, қарсы келиўге пурсат бермеди, кесент етти, бөгет жасаў.
Алды-артын таныў — оң-солын аңлаў.