АЛДЫ
Қарақалпақша
р. 1. Адам бети қараған тәрепи, қарсы мандайы, қарама-қарсы тәрепи, жаны, туп-туўры қарсысы.
Аўылдың алды мектеп (Ж.Аймурзаев).
Усы ғазды хан хәзиреттиң алдына қояман (К.Султанов).
2. Биринши, бурын, әўел, келешек, ең алғашқысы, басламасы.
Алды менен басшысы, Еки ийнин жалмады.
Алды бурын — алды менен, ҳәммеден бурын, биринши, дәслеп, әўел бастан, ең биринши.
Сондықтан, мен де муҳаббат алдында ҳәлсизлик етип, өзимди нақ бийлей алмай Мийирханға алды бурын қолымды узаттым (Ө.Хожаниязов).
Алды менен — биринши, ең әдеп, ең дәслеп, әўел бастан, ең биринши.
Арзыўдың бағдың қалың саясынан суўырыла шығып киятырғанын Шыныбийке алды менен көрди (Ж.Аймурзаев).
Көпшилик қәнигелер алды менен аш қарынға суў ишип, соң пал қосылған жыллы суў ишиўге мәсләҳәт береди (газетадан).
3. Үйдиң есик шығар есик жағы.
4. Бир нәрсениң дәслепки гези, басламасы.
5. Бир нәрсениң ең таңдаўлысы, сайландысы, озығы, жақсысы.
6. Адамның дизеси менен гәўде тәрепи аралығы.
7. Жас шамасына қарай ең үлкен, жасы артығы.
8. аўыс. Келешек, беталыс.
Алдына мақсет қойыў.
Алды бар, арты жоқ.
Жаманшылығы жоқ, аўырманлығы жоқ, кеги жоқ, ашыўы тез қайтатуғын (минез).
Алдыңа ас қойдым, еки қолыңды бос қойдым — өз еркиң өзиңе берилди, қысым көрсетилмеди деген мәниде, аўқат тартылған ўақытта «алың, алың» деп жүзеки қатнас жасағаннан гөре салмақтырақ, әлпайым айтылыўы.
Алдыңа Кудай келтирсин (алдыңа келсин) — қылған жаманлығың алдыңа келсин мәнисинде (ғарғыс).
Бет алды-қарсы алды, туўры алды бети.
Көз алды — көзиниң маңдайы, асты.
Көз алды булдыраў — көзи қараўытыў, көрмей қалыў.
Маңлай алды — озық, мақтаўлы, ең алды, ең неғизги.
Қарсы алды — туўры алды, маңлай алды.
Елдиң алды жатқан ўақыт — елдиң уйқыға жаңа жата баслаған ўақты.