АЙЫРЫЛЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Айра түсиў, ажырасыў, бөлеклениў, намыссызланыў, жеккелениў, еки тәрепке кетиў.
Апаңнан айырылып ишим жанады (ҚҚ.Х.Қ.).
Айырылды жарлылар суў менен жерден, Нан сорап тентиреп жөнелди елден (Әд.
ал.).
«Маркс» жаптың көпирине жетпей-ақ, арқа бетке айырылған арба жол менен туўры Андреев атындағы колхоздың 3-бригадасына қарап жүрди (А.Бекимбетов).
2. Жоқ болыў, өлиў, тамам болыў.
Сум душпанлар түсип мениң арама, Арысландай жан ағамнан айырылдым («Қырқ қыз»).
Денемиз қақ-қақ жарылды, Табанымыз айырылды (Әд.
ҳресг.).
3. Айрықша қуўаныў, кеўиллениў.
...жаңағы Сержан жүреги тарса айырылып, соның хабарын айтыўға келген ғой (Т.Қайыпбергенов).
4. Ес-түси кетиў, есинен айырылыў.
«Ўақ!» деген даўыс шыққаннан-ақ Тимур ес-түстен айырылып қалды (А.Бекимбетов).
... көл ишинде айырыла көзге түсетуғын аппақ сән берип турды (Т.Қайыпбергенов).