⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЙЫЛ

Қарақалпақша

ат. Телетиннен иеленген, минис көлигин ертлегенде оның белинен шалатуғын (орайтуғын ямаса белинен байлайтуғын), ердиң аўмаўы үшин оны бекемлеп көликтиң арқасына таңып қойыў үшин арналған қурал-сайманлардың бири. Атларға ерди салайық, Айылды бекем шалайық («Қырқ қыз»). Артқы айылдың батқанын иеси билмес, ат билер (ққ.х.н.). 0 Айылын жыймаў — тартынбаў, дәрпенбеў, қорықпаў, сескенбеў, уялмаў, жыйналмаў. Әкемде үн жоқ, айыбын әбден мойнына алған сыяқты, оның менен апам айылын жыймады (К.Смамутов).