АЙДАЙ
Қарақалпақша
кел. Ай сыяқлы, ай тақылетли, жақсы, сулыў, жүдә жақсы, айтыўлы.
Жарқырайды бетиң айдай, Туўған анаң сениң қандай, Сөзиң шийрин, тилиң палдай, Перийзаттан артық келин (Бердақ).
Ҳаслы қарақалпақ Қоңыраттың қызы, Биреўдиң сақлаган айдай жулдызы (С.Нурымбетов).
0 Айдай күтиў — аўыс. асығыслық пенен күтиў, шыдамсызлық пенен күгиў, шыдамастан күтиў.
Бул да аз дегендей, енди Сапардың келиўин айдай күтип жүрди (К.Султанов).