ӨҢЕШ
Қарақалпақша
ат. Жутқыншак пенен асқазанды байланыстырыўшы аўқатланыў мүшеси.
Қум жутады, қышырлайды өңеши, Қалғандай-ақ күни жақын өлеси (Т.Сейтжанов).
Әметтиң өңеши бурынғыдан да бетер ашыды (Ө.Айжанов).
«Өңештен қазарсыз өтер» бирақ та, Дыянатлы қарақалпақ қызлары (Ә.Әжиниязов).
0 Қызыл өңеш болыў — урысыў, жәнжеллесиў, бакырысыў.