⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨҢ

Қарақалпақша

ат. 1. Бет, жүз, ажар, келбет, түр, шырай. Жуўырып кетти көби, Жатыр биреў қашып өңи (Ж.Аймурзаев). Мәтеке күлки менен айғызданған ажарының толқынын басып, өңин шыйракдатты да гәп баслады (К.Султанов). Ҳәзир турсаң, музейдиң дәл төринде, Жыллар өтип солғын тартқан өңин де (Г.Дөўлетова). 2. Турмыс, шынлық. Өңи ме, түси ме не екенин биле алмай ҳайран болып атыр («Мәспатша»). Түсим бе, өңим бе, япырмай биле алмай ойланып турман байлаўда (Ш.Артық).