⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨШИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Сөниў, жаныўы тоқталыў. Әллен ўақытта шыра да өшти (Ж.Аймуразев). 2. Жоғалыў, жойылыў, солыў. Тозыўы жеткенликтен сыры өшип қараўытып кеткен (У.Пиржанов). Тахтайдың хаты өшип қалып тахтай еле неше мәртебе жаңаланды (Қ.Айымбетов). 3. Жоқ болыў, питиў, жоғалыў. Тутқынлардың ата-аналары, аға-инилери, қарындаслары, олардың қарасы өшкен соң кейнине қайтыўға мәжбүр болды (Қ.Ирманов). Мен ҳайран болдым, Көптен берли урлықтың аты өшип еди ақыры (А.Бекимбетов). 4. Аўыс. Тамам болыў, өлиў. Келди дослар хош айтысыў саатым, Жанған шырақ едим өштим мен бүгин (И.Юсупов). 5. Аўызеки с. Спиртли ишимликти көп ишиў нәтийжесинде ақыл-хуўшын жоғалтыў, есинен айырылыў. 0 Үни өшиў — сести шықпаў, үндемей қалыў, сести гүм болыў. «Ийт үрер кәрўан көшер, үре-үре уни өшер» деген (Қ.Ирманов). Қарап болған екен күним, Сөйлей алмай өшти уним, Жарлыға болмай бир тыным, Бир тамақ деп жортқан екен (Бердақ). Қаралай өшиў — диңкеси курыў, шаршаў. Дүнья-мал жигиттиң ақылын алған, Ол қаралай өшип, өзеги талған (И.Юсупов).