ӨТКИНШИ
Қарақалпақша
ат. 1. Өтип барыўшы, жүрип турыўшы, жылысыўшы, жылжыўшы.
Өткинши булт өкпесин қолға алып, ызғы сып, Қызғалдақлар қан жылап, ышқы гедайы болды (И.
Юсупов).
Лекин мен оларды муҳаббат деп есапламайман.
Өткинши булт еди олар! (М.
Нызанов).
Өткинши балықтың базары 5—6 күн болады (К.
Султанов).
Бәршеси өткинши, әрманлы дүнья, Айтылған сөзлерим, қылған ислерим (А.
Қойлыбаев).
2. Жолшы, жолаўшы, өтиўши.
Ерлик пенен қазаландың саўашта, Совастополь турғанында қорғанып, Қәбириң тур енди гүлге оранып, ҳәр өткинши ҳүрмет етер қаранып (Т.
Сейтжанов).