ӨТКЕРИЎШИ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсени айқастырып шандыйтуғын зат, атлама.
2. Атқарыўшы, орынлаўшы.
Ол оператив илаждың өткерилиўине толығы менен жуўапкер хәм илажды тиккелей өткериўши есапланады («Жас илимпазлар форумы» ж.).
Мәки — қозақта бөздиң арқаў ж ибин былай-былай өткериўши, еки ушы сүйир тоқыў куралы (ққ.фоль.).
3. Бир затты нәрсени бир жерден екинши жерге өткеретуғын адам.
Дарға — бул кеме менен дәрьядан өткериўши адам (ққ.фоль.).