⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨТКЕРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир жерден екинши тәрепке жылыстырыў, аўыстырыў, өзгертиў. Қонақты дәлизден өткерип ишки бөлмеге киргизди (Т. Қайыпбергенов). 2. Басынан кешириў, көриў. Көрмей ҳеш бир жәбирди, Өткерди солай өмирди (Т. Жумамуратов). Үйленбеген, енди қартайған, үйлениўдин не кереги бар, бир өзим турганым мақул ғой деп бир өзим көп жыллар өмир өткерген едим (К. Айымбетов). 3. Ислеў, атқарыў. Егистен алдын той-пойын өткерип жиберейик, улым (С. Хожаниязов). Бундай гүрриңлерди директор олар менен талай рет өткерген (Т. Қайыпбергенов). Бизлер бәҳәрдин узак күнин далада өткериўге кумармыз (Ө. Айжанов). 4. Тығыў, илдириў, кирғизиў. Сабының илмегине ортан бармағын өткерип, қамшысын былғап қояды (Н. Бөрекешов). Еле есимде, еки қуты бос шырпыны тесип, жип өткерип, телефон ислеп алатуғынбыз (Ө. Айжанов). 5. Асырыў, артгырыў, оздырыў. Қәхәрленип белин буўды, Тындырды ҳәм аққан суўды, Атасының жолын куўды, Оннан да өткерген екен (Бердақ). Ол қытымырлықты сүтхор әкесинен де өткерипти (А. Бекимбетов). 6. Барлаў, бакдаў, тәкирарлаў. Уялғанлықтан қызара түсип, саўын сыйырларды көз алдынан бирим-бирим өткерип қарады (Ж. Сейтназаров). 7. Жүргизиў, жүзеге асырыў. Ашыў қысса көзлеринде от жанып, Қәхәрленсе қамшысынан қан тамып, Зулымлығын өткерипти өлгенше, Зирлер екен аўылдағы бар халық (И. Юсупов). 0 Көзден өткериў — барлық нәрселерди көзи менен шолыў. Күн уллы сәске ўақыты, Әжинияз отаўда бир өзи ақшамғы хәдийселерди бир-бир көзден өткерип отыр (К. Султанов). Бети-қолларымды жуўып, төле ишин және көзден өткере басладым (М. Нызанов). Сыннан өткериў — хәмме нәрселерди сыннан өткериў, сынаў. Барлығын бирим-бирим сынағандай сыннан өткердим (Ж. Аймурзаев).