ӨСИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тәрбиялаў, жетилдириў.
Жалғыз бала болған соң, Әметти еркелетип өсирди (Т.Қайыпбергенов).
Шырағым Ҳәкимбай жасында мойныма минғизип өсирген иним едиң ғой, — деди (әд.
хрест.).
Өсирди алақанда, әлпешледи анам елим (И.Юсупов).
Мен атасыман, баланы әдепли өсириў маған парыз! (К.Султанов).
Айтыўға тилим бармай атыр шыракдарым, хәммеңиз де ул-қыз өсирип отырсыз, илайым ҳеш қайсысының басына кудайым бундай күнди салмағай! (А.Садықов).
2. Көтериў, мәс етиў.
Жаў алдында қаша гөрме Мәспатша, Изден қуўған жаўдың кеўлин өсирип («Мәспатша»).
Қапалығын қашырып, Кеўлин жудә өсирип, жуўап айтар ушырып, Сөз бермейди мазаклап (С.Мәжитов).
3. Егип тәрбиялаў, қараў.
Қарақалпақстан салыкешлери салы еғип өсириў жумысының барлық түрлерин табыслы жүргизди («ЕҚ» г.).
Өсирсең бурын завод бағын, Бул жерде саған дым қарыйдар (И.Юсупов).
Ол өсирген пахта ақ болса қандай, Ўатанға дослыққа садық сондай (Г.Есемуратов).
4. Саньш көбейтиў, сапасын арттырыў, ҳәр тәреплеме жақсылаў.