ӨРМЕЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Жылысып жүриў, жылысып ҳәрекет етиў, жоқары көтерилиў, тырмасыў, жармасыў.
Алтын баслы айдарҳадай өрмелеп, Жыға алмады, патша, ханлар ҳәмири (И.Юсупов).
Таўға өрмелегендей жоқары қарай өрмелеп адым аттым (Ж.Аймурзаев).
Биз өрмелеп, «Шылпық»тың басына шықлық.
Әдеўир жоқарылағаннан кейин ол маған қолын усынды (М.Нызанов).
Сен әўеле шайқатылдың тал шақасында, Мен өрмелеп барып сордым палынды сениң (И.Юсупов).