ӨРКЕШ
Қарақалпақша
ат. 1. Түйениң арқасындағы бүкир, дөңес жери, майлы жери, шокдық.
Сенде қуўрап қалған тикеш, Ат қосшылар буйдасын шеш, Қара буўра қыйсық өркеш, Заманында түйе екенсең (Күнхожа).
Өркешлерин май басқан, шуўдаларын шаң басқан (Қ.Айымбетов).
2. Таўдың, қумлықтың бийик жери, төбешик, шоқлық, өркешке усаған дөң.
Ысылдаған түйе өркеш қумлыққа алтынның усағын араластырғандай жалт-жулт етип, көзлерин қамастырмаға қарады (Ө.Өтеўлиев).
0 Буўра өркеш — а) еки айры өркеш, б) суўдың толқыны.
Самал менен шайқалған қамыслардың сылдырлысы, дәрьядағы өркеш толқынлардың гүрилдиси, даўылдың ысқырған сести Қәдирди услаў ушын басып киятырған жаўдың әбеший дүсирлисиндей еситилди (К.Султанов).
Таў өркеши — таўдың өркешке усаған жери.
Өркеш таўың уласып, Нар қамысын жарасып, жаңарған елдиң сәнисең (К.Султанов).