ӨРИЎ II
Қарақалпақша
ф. Тоқыў, шыйратыў.
Оннан кейин оны кайтадан қатты қылып өре баслады (Т.Нәжимов).
Ат қуйрығын таллап өрип, Корққан екен жаўды көрип (Бердақ).
Алтыннан өрген шашбаўы, жүрсе өкшесине түсер (Әжинияз).
Жибин Баян сулыў өрген бе деймен, Абай емес пе екен нагыс сызғаны? (И.Юсупов).
Бир бурым түўе еки бурым етип шашын хәпзаматта өрип таслайтуғын шәпик қоллары қалтырап, жүреги дүрсилдеди (К.Султанов).
0 Өрилген бурым — шыйратылған, тоқылган.
Өрилген бурымлардың хәр талы көз алдыңа хасыл жипеклерди елеслетеди (Ж.Аймурзаев).
Шашын өриў — тоқып өриў, шыйратып өриў.
Сәхәр жуўдырьт басыны, Таза өрдирип шашыны (Әжинияз).