⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨРЕЛИ

Қарақалпақша

кел. Үлкен, нәхән, кең, узақ. Айлы түнде жападан жалғыз дәрьяның ғырра жағасында отырып шолпы да сүзди, көлдиң айдынында жақпай жағып, жайын да шанышты, ақпар ағыска өрели қаза да салды, теңизге үш тилли қармақ та керди — қулласы, өмириниң ақырына шекем балықшылықтың түрли әдислерине қанық болды (К.Султанов). 0 Өрели таң — түн, узақ түн. Кулласы, олар кирпик қақпастан, бәқәрдиң өрели таңын атырды (Қ.Айымбетов). Улбосын уйқылай алмай, өрели таңды көзинен атқарды (Н.Дәўқараев).