ӨРБИЎ
Қарақалпақша
ф. Көбейиў, раўажланыў, жасарыў, хәўижлениў, тараў.
Өрбиген өсимликтиң көлеңке тартты бойын (Г.Есемуратов).
0 Өрбип-өсер ўақ болмаў — көбейип раўажланыўдың ўақты болмаў.
Бурынгы әййемги заман, Қай ўак жақсы, қай ўақ жаман, Он сегиз мың аламан, Өрбип-өсер ўақ болмады (Бердақ).
Асыраўшы анаң еди, Өрбимей үрим-путағын (И.Юсупов).