ӨНИМСИЗ
Қарақалпақша
кел. 1. Зүрәәти, өними төмен, аз.
Майда пиязшалар өнимсиз топыракларда өсирилген болса, киширек шуқыршаларға егиў керек (газетадан).
2. Пайдасыз, жайдары, әпиўайы.
Туқымын арқалады қарамай оның ыласына, Өнимсиз жүрис пенен жетти ол ақыр шатпасына (Қ.Ирманов).
3. лингв.
Сийрек колланылатуғын.
Өнимсиз қосымта.
Фейилден келбетлик жасаўшы өнимсиз қосымталарға: -аған/-еген, -асы/-еси, -ыңқы/-иңки/-ңқы қосымталары киреди.
(Хәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң грамматикасы).
Өнимсиз морфема.
Бир сөзге ямаса жүдә аз муғдардағы сөзлер топарына жалғанатуғын морфемалар өнимсиз морфемалар деп аталады (Хәзирги каракалпак тили.
Мофология).