⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨНИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Көгериў, өсип шығыў, шығыў. Жасыл дөнип гия өнер, Жерге жыллы бәҳәр келсе (С.Мәжитов). Таўларда бағ өсер, мақпалдай дөнер, Дослық шигитлери бунда да өнер (И.Юсупов). Десем бул бир теңиз, маяклар сөнген, Ал, шөл дейин десем, тукымлар өнген (А.Қойлыбаев). 2. Пайда болыў, бинә болыў дөреў. Бир топырақтан өнер ырысқы нанымыз, Тамырларда араласқан қанымыз (И.Юсупов). Кадрларың тапты кәнди, Қең жеримнен: байлық өнди (С.Нурымбетов). 3. Тез питиў, нәтийже бериў, тезлениў, ҳәўижлениў, раўажланыў. Қызады күш, өнеди ис өркенлейди, өседи (Ж.Аймурзаев). 4. Биреўден алынатуғын нәрсениң алыныўы, орынланыўы. 0 Өнип-өсиў — көбейиў, өрбиў, туўыў, туўылыў, нәсили көбейиў. Өнип-өскен мәканың бүгинги күн сен келдиң (Жийен жыраў). Бул дүньяда атаң сеннен айрылды, Өнип-өсип узақжаса, жан балам («Мәспатша»). Бул демек — мийўалы дарақгай өнип-өсиңлер, көп перзентли болыңлар дегени (М.Нызанов). Ана тил анандай әзиз деседи, Тил арқалы ақыл өнип-өседи (Ә.Әжиниязов).