⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨНБЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Орынланбаў, питпеў. — Өнбесе де, өндиремиз. — Өнбейди, өндире алмайсаң! — деди бий атының жылаўын шекшийтип тартып (Т.Қайыпбергенов). 2. Алга баспаў, илгерилемеў, мандымаў. Бирин-бири жетелеп, Өнбейди сирә жоллары (Жийен жыраў). 3. Көгермеў, бөртпеў. Обалын айтсаң- о, жас нәлшелердиң, Бәри ылайсаңы ойсыз нөсердиң, Мейли тайдырсан да жердиң көшерин, Сол бийгүна нәллер өнбейди енди... (Г.Нурлепесова).