⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЛШЕЎ

Қарақалпақша

ф. Көлемин, мөлшерин, аўырлығын, салмағын, шамасын есаплаў, анықлаў. Сайымбет онсери дәнди өлшеп кемпирдиң жамаўлы қалтасына салды (Б.Бекниязова). Өлшеген табельщик азын биледи, Жалкаўдын қылўасын жасырмаў керек (С.Нурымбетов). Төрезиде өлшеў тасың басымдур, Мақтымқулы Мәғрип устазың сениң (Ә.Әжиниязов). Айтқанын өзиңе жөн шығар, курдас — деди Гүлбий — узақ, жақын аўыл деп, арқан салып өлшеп отырғанымыз жоқ (К.Султанов). Әўелдин ақыйрын берсин, қудайдың өлшеп берген дем күни таўсылмаса бендеси өлмейди (Ө.Өтеўлиев).