⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЛИМЛИК

Қарақалпақша

ат. 1. Өлгенде керек болады деп сақланатын зат, нәрсе-қара, мал. Ғарры илажсыз, өлимлигиме деп алып қойған маңдайындағы жалғыз сыйырын бериўге мәжбүр болды (газетадан). 2. Қыйыншылық, аўырманлық. Ақырет көрдиң өлимлик, Ишерге суў болмады, Көзлеримиз жаўдырап (ққ.поэз. ант.). — Бар кештик. Өлимлик болса да айт, — деди Мәтжан мықыры (Т.Қайыпбергенов).