ӨЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жаны шығыў, қайтыс болыў, деми таўсылыў, тиришилик қәсийети жоғалыў, қазаланыў.
Өлсек те дастығымызды алып өлермиз (К.Султанов).
Сонда сықмар бий және: Баўырсақ бер, жарылып өлсин, — депти (Қ.Айымбетов).
Өзинди шаршадым деп билсең, жолдасыңды әлди бил (ққ.х.н.).
Ат өлсе ет, арба сынса отын (ққ.х.н.).
Күйеўим фронтта әлди деп табырайып отырғаның қалай болады? (К.Султанов).
2. аўыс. Иши жаныў, иши күйиў, қызғаныў, өртениў.
Үйинде бар екен бир еки қызы, Бири қызыл гүлдир бири қырмызы, Қәлмен оны көрип өлер яранлар (Әжинияз).
3. аўыс. Жүдә, оғада, әбден, артықша, айрықша.