ӨЛЕР
Қарақалпақша
кел. фейил.
қ. өлиў.
— Мейли, ағасы, бизиң қызымыз журтлардикинен артық па, әжели болса өлер, болмаса оқысын, Абдулла менен жибере қояйық, — деди (Т.Қайыпбергенов).
Өлер алдында — өлместен бурын.
— Ең кейинги бетин оқы, өлер алдында не ж азған екен? — деди М әтжан мыкыры (Т.Қайыпбергенов).
Өлериңде — өлер алдында.
Сол төрт гүзени үйиниң төрт мүйешине көмип, өлеринде балаларына айта алмай кетги (Т.Кдйыпбергенов).
Өлер болсаң — өлетуғын болсаң.
Өлер болсаң, өл ширкин, жиғитлердиң мойынларына муздай суў куйылды да, қалды (Т.Кдйыпбергенов).