⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЛГЕНШЕ

Қарақалпақша

р. 1. Өмиринше, бәркулла, мудамы, өмир бойы. Өлгенше сайраңыз бул қызыл тилим, Солдың қазан урып, ашылған гүлим (Әтеш). Кдйдан тапсын табылмайды жоқ нәрсе, мейли аз исле, мейли изле өлгенше (Б.Исмайлов). Өлгенше әдиўлермен жаным, анам Ўатан сени, Сендеги барлық адам қәўми-қарындасым мениң (И.Юсупов). Өлгенше әлпешлеп сақпайды (К.Султанов). 2. Әбден, жүдә, айрықша оғыры, қатты. Бәлким шаңымды кағып болып өлгенше сабап кетер деген қыял да басымнан дуўлап өтти (Т.Қайыпберғенов). 0 Өле-өлгенше — өмир бойы, өлғенше, өмиринше, мудамы. Ана сүтин ақпамасаң ар-хүждан алдында өле-өлгенше гүналысан (Ө.Хожаниязов). Ҳүрметлеўғе бизлер бәрха таярмыз, Өле-өлгенше ғамхорыңыз боламыз (А.Дабылов). Өлдим-азарда — жүдә қыйналып, көп қыйыншылык пенен, өлдим-талдым, зордан. Өлдим-азарда тоңқылдақ шайпурыш жигитке чай әкелди (Ж.Тәжетдинов). Әйтеўир өлдим-азарда жер тегислеп атырған адамлардың қасына жетип келди (Ж.Аймурзаев). Өлдим-талдымда — аўыр жағдайда, зордан. Олар өлдим-талдымда бир аўылға жетеди («Әдебият» саб.). Өлдим талдым дегенде — зордан. Өлдим-талдым дегенде, Кезесин таўып алады («Алпамыс»).