ӨКИНИШЛИ
Қарақалпақша
кел. Әрманлы, қапа қылатуғын, ренжийтуғын, аянышлы.
Ербай ўақытсыз келген қонақты көрмегендей өкинишли, нәзерин төмен салып туўры әйўанға қарай өте берди (А.Бекимбетов).
Ақырын алла оңлағай.
Соңы өкинишли болмағай (Бердақ).
Байдың арын арламаймыз деп, сениң жағаңа қол салған жигитлер де бул күнде өкинишли (К.Султанов).
Ҳәрким өзи болар, Бердақ болалмас, Өмир өкинишли әрман деседи (Ә.Әжиниязов).
Ғарры «жоллық» деп болса да бир-еки сом алатуғынын айтып қойғанына өкинишли кейипте еди (М.Нызанов).