⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЗЛИК

Қарақалпақша

кел. Өзине тәнлик, айырмашылық, айрықшалық. Өзгелерден өзлигим сен арқалы, Желбирей бер, жулдызға жет, байрағым (Г.Дәўлетова). Кел. лингв. Өзлик дәреже. Ҳәрекеттиң субъекттиң өзине объект сыпатында қаратылғанлығын ямаса субъекттиң өзи дөгерегинде жүз бериўи мәниси ҳәм усындай мәнини анлатыўшы фейил формасы: кийиниў; тараныў, мақтаныў. Өзлик алмасығы. Субъектти басқа адамлардан ямаса предметлерден ажыратып ямаса оны белгили бир бетте меншиклеп көрсетиў ушын қолланылады. Мениң өзим. Сенин өзиң.