ӨЗИМШЕ
Қарақалпақша
р. Өз пикиримше, өз ойымша.
Қашан-ақ бир келермен деп, өзимше ниет етип жүрсем де анаў-мынаўым питпей келе алмай жүрген едим (Ө.Айжанов).
Қыз баланың алдында мақтаншақлық еткеннен гөри, кишипейилдик қылғаным мақул деп билдим өзимше (М.Нызанов).
Өзимше тарихи ойларға шөмип, Өлмес рухын гүзир ел арасында (И.Юсупов).