ӨЗГЕШЕ
Қарақалпақша
р. Басқаша, басқа түрли, айырмасы бар.
Өзгеше сайрар булбуллер, ярым, сен жүрген жерде (И.Юсупов).
кел. Басқаша, басқа түрли.
Дәрьянын көрдик талайын сен өзгеше дәрьясаң, Сўыңды ише алмасақ сағынамыз әр қашан (Т.Сейтжанов).
Қолына бир дәсте гүл алған қыздың бул киятырғандағы түри-түси оғада өзгеше еди (Ж.Аймурзаев).
Дегенменен, жаңа ғана өзине тигилген, дүзип кирпикти қой көзлердиң түринде өзгеше бир саўат бар (А.Садыков).
Арал қурыса да асты-үстиндеги тиршилик өзгеше түс алған (Ө.Өтеўлиев).