⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЗГЕ II

Қарақалпақша

кел. 1. Басқа, бөтен, бөлек. Ол қосық түсирер мениң ядыма, Өзге бир өмирди, алыс мезгилди (И.Юсупов). Қыз болдың, өзге қыз бәри жалғандай, Келин бол көргенлер қайыл қалғандай (Ә.Әжиниязов). 2. Әдеттегиден басқаша, өзгеше. Желиги басылмаған атларының бастарын бос қойғанда өзге бир сыйқырлы дүниеден жердеги мәкан жайы палаткаларын адаспай таўып келисти... (Ө.Өтеўлиев).