ӨЖИРЕ
Қарақалпақша
(а.
ҳужратун — «бөлме», «камера», «каюта»), ат. Жайдың бөлмеси, тамның бөлинген бөлеги, бөлме, қабат.
Мийманлар отырған өжиреден шығып, екинши өжиреге кирди (Қ.Аралбаев).
Оның бир өжиреси китапқа толы (Ж.Аймурзаев).
Ерназарды жасаўыллар сарай ҳаммамына апарып жуўындырып, шаштәрезге сақал-муртын алдырып, пардозлап кийиндирип, хан палўанның өжиресине апарды (К.Султанов).
Усы ўақытқа дейинги ҳеш бир гәп, өжирениң ишиндеги барлық адамларды өзине буншалық бөнтлемеген, тартпаған еди (А.Садықов).
Адасып көп жүрдим мен күпә-күндиз, Шексиз өмир өжиреси Шахаман (Ә.Әжиниязов).