ӨЖЕТ
Қарақалпақша
кел. Туўры, мақул мәсләҳәт, гәп-сөзге қулақ салмайтуғын, өз пикирин мақуллай беретуғын, қайсар, өр минез, қатал, қырсық.
Ол өзиниң айтқанынан қайтпайтуғын өжет еди (Ж.Аймурзаев).
Қыз өжет, қолымды қағып жиберип өзине жуўытпайды (Ө.Айжанов).
Оның себеби: бириншиден — сайыз ойлап, кеўлине келген иске көзсиз урынатуғын өжет минезликтен болса, екиншиден, кисиниң тилине ергиш, өз ақылы менен сабырлы шешиўге шорқақ киси (К.Султанов).