ӨГИЗШЕ
Қарақалпақша
ат. Бир ярым, еки жастағы қара малдың пиштирилген, тарттырылған еркеги, өгиздиң кишкене түри.
Шубар өгизшени гә жетелеп, гә алдына салып қуўып айдап, бир жигит жуўырып киятыр еди (К.Султанов).
Кеше және бир өгизше сойылды, Қара қум ийшанға басы қойылды (Әтеш).