⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨГЕЙ

Қарақалпақша

кел. 1. Алдынғы күйеў ямаса ҳаялдан болған перзентлер ҳәзирги күйеў ямаса ҳаялға ҳәм де олардың туўысқанларына, сондай-ақ, ҳәзирги күйеў ямаса ҳаял ҳәм олардың туўысқанлары алдынғы күйеў ямаса хаялдан болған балаларға қарата қолланылатуғын сөз. Өгей әке минези қатал тәбият, Шопанды шөл қойнында шынықтырған (И.Юсупов). Ата-анаңнан жаслай қарғыс алдың ба? Өгей шешең саған дөҳмет салды ма? (И.Юсупов). 2. Бир анадан туўылмаған ямаса бир әкеден болмаған, әкеси ямаса анасы басқа, туўысқан емес перзентлер (бир-бирине қарата). Өгей әжапа, өгей аға, өгей сиңли. 3. Ерип келген, ершең. Мени үйине алып келген адам, Жумагүлдиң өгей баласы Алланияз деген екен (Ж.Аймурзаев). 4. Асыранды, жат. Өгей тәртип — аўыс. Жат, бөтен, турпайы. Ол жерлерге таўларға да, Орнатылған өгей тәртип (И.Юсупов).