ӘӘПИЛДЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ийттиңүриўи, шабаланыўы.
Жеттим-аў десем еплеп есик бетке, Әупилдеп ала кетер кең балақтан (И.Юсупов).
Мал қораға қарай шаналар бет алған ўақытта ферманың гүзетши ийтлери буларға қарсы әупилдеп үрип тәп берип еди (К.Султанов).
2. Бийҳаяланыў, көтерилип сөйлеў, хәўлириў, миннетсинип бақырыў, урысыў.
Әупилдеп хуўырдың жараған нардай, Қобыздай қуўсыйды турпатың дардай (И.Юсупов).
аўыс. Дәрьяға нәзер салса, қәҳәрли толқын «туңғыйық тереңге батырып жиберемен», — дегендей әупилдеп жарға соғып, айбат етеди (К.Султанов).