⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘӘМЕТ

Қарақалпақша

ат. Рет, пайыт, гезек, жолы болыў, бахыт, сийрек, бир ўақыт. Дүз аңы болған қасқырдан бурын өз ийесин, оның мүлкин, бәринен бурын өзиниң бир тутам өмириң қорғаў ушын жанталасқан Бөрибасардың әумети келди (К.Каримов). — Тәңри жарылқасын, куллық бий аға: «Аттың дәўлети шабады, әумети шабады» деп еситтим бир кекседен (К.Каримов). Илҳамым яр болып, келсе әўметим, Бир тәрийиплер едим қәдди-қәўметин (И.Юсупов). 0 Әумети асыў - талабы келисиў. Бәрше бақсыға султанды, Әумети асқан Муўсаның (Бердақ). Байжанның және әумети шапты (М.Нызанов).