ӘҲМИЙЕТЛИ
Қарақалпақша
кел. Керекли, зәрүрли, қәжетли, мүтәжли.
Бектемирғе арқа сүйеп, оған қандай да әҳмийетли бир сөзлерди айтыўды ойлар, оны айтыў ушын қолайлы пурсат күтип киятырғанда астындағы ат сүрнигип кетти, бирақ жығылмай тез арада өзин оңлап алды (К.Каримов).
Әмир қыпшақлар бийине үлкен исеним билдирип, әҳмийетли жумысларды исенип тапсыратуғын дәрежеге жеткен (К.Каримов).
Бәри әҳмийетли, кеўилдин нақшы (И.Юсупов).