⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘШКАРА

Қарақалпақша

әшкара етиў ф. Масқара етиў, сырын паш етиў, күлки қылыў мысқыл етиў; жәрия етиў, мәлим етиў. Соның арасында сумлаў бир қарақшы оны үгитлеп «бизлерди әшкара қылмасаң тири жасайсаң!» дейди де және пул береди (Т.Қайыпбергенов). Көпшилик алдында ортадағы мүнәсибетлериниң шийкилигин әшкара ете бериўден, онысыз да олардың ийтли-пышықлы болып жасап киятырғанлығы мәлим болып үлгерген еди (К.Каримов). Ҳаҳи әшкар, ҳаҳи пинхан (Бердақ). Әшкара еттиңиз сырды, басқа салмағай буны («Юсип-Зилийха»).