⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘСТЕН

Қарақалпақша

қ. әсте. Тунжырап қалғып отырған бий көзин әстен ашып, қазыға сығалап қарады (К.Султанов). Әсиресе, Нуржамал төркинин сағынса Әжиниязды алдына алып, ағасының қосықларын әстен ыңылдап айтып отырады (К.Султанов). Ҳәмме сес-семирсиз, ҳәтте нәпесин де әстен алып муғаллимди тыңлады (Т.Қайыпбергенов). Ешейинде әстен жылысатуғын қуяш бүгин күтә тезлик пенен түсликке де тас төбеге көтерилип, ҳәтте батысқа қарай аўып кетти (Т.Қайыпбергенов). Ол аяқларын ғаз-ғаз басып, пышықтай жылысып есиктен шықты да, күтә епшиллик пенен қапыны әстен ғана жапты (Т.Қайыпбергенов). Жол алыс, дала кең, ат үстинде ойланып баратырып, бир қосықгы әстен ыңылдап кете берсе болады (Ш.Айтматов).